
Ден саўлықты сақлаў министри Амрилло Иноятов:
— Фрайбург университети менен шерикликте тар тараўдағы мийирбийкелерди Германия тәлим стандартлары бойынша таярлаў ҳәм қайта оқытыўға келисип алынған. Бунда, оқыўды питкерген мийирбийкелер ушын бул мәмлекет медицина клиникаларында искерлик алыпбарыу мүмкиншилиги пайда болады.
Буннан тысқары, Германия менен байланысларды және де беккемлеў мақсетинде Шарыте ҳәм Роберт Кох университет клиникалары менен шерикликте “Роберт Кох – Ибн Сино” медицина Фонды дүзилди.
Усы фонд шеңберинде медицина қәнигелери маманлығын асырыў, телемедицина жәрдеминде уқып сабақларын кеңейтиў, шет ел инвестицияны тартыў мөлшерленген.


