
Өзбекстан Республикасы Министрлер кабинетиниң 2015-жыл 10-август күнги «Кекселер ҳәм майыпларды мәнзилли социаллық қорғаў ҳәм қоллап –қуўатлаўды жәнеде күшейтиў ис-илажлары ҳаққында»ғы 237-санлы қарары тийкарында ҳәм Нөкис қаласы ҳәкиминиң 2023-жыл 9-август күнги 181-13-195-Q/23-санлы қарары менен дизимде турған жалғыз жасаўшы кексе Нөкис қаласы, Дилмаш көшеси 21 үй турғыны Бердахов Сапарбай Абеновичке Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлик байрамының 32 жыллығы мүнәсибети менен Республикалық тез медициналық жәрдем орайы Қарақалпақстан филиалы кәсиплик аўқам комитети қаржысы есабынан қайыр-сақаўат көрсетиў ушын азық-аўқат өнимлери берилди.
