
Президенттиң 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапарында Мойнақ районына Ташкент ўәлаятын қәўендер етип бириктирип берген еди. Усының нәтийжесинде бәрше аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары аймақларындағы социаллық тараў объектлеринде капитал оңлаў жумыслары менен бирге жаңа балалар бақшалары, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелери имәратлары, киши футбол майданшалары қурып берилди. Сондай-ақ, тез жәрдем бөлими имәраты авариялық жағдайға келип қалғанлығы себепли жаңа имәрат салынып, жаңа мебель ҳәм үскенелер менен тәмийинленди. Тез жәрдем бөлими хызметкерлери жаратылған бул шараятлар ушын ҳүкиметимизден миннетдар.
Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети




