Өзбекстан Республикасы Ден саўлықты сақлаў министрлигиниң Республика тез медициналық жәрдем орайы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022 жыл 16 июндағы ПҚ-283-санлы ” халыққа тез медициналық жәрдем көрсетиў системасын жетилистириў туўрысында” қарарының халыққа тез медициналық жәрдем сапасын жақсылаў ҳәм халыққа және де жақынластырыўға тийисли ис-илажлар программасын атқарылыўын тәмийинлеў мақсетинде Ден саўлықты сақлаў министрлигиниң жаңа ғәрезсиз структура ретинде жаратылды.
Республика тез медициналық жәрдем орайы және оның 14 аймақлық тез медициналық жәрдем хызмети ҳәм де медициналық автохожалықлар негизинде жаратылды ҳәм тез медициналық жәрдемдиң бирден-бир вертикал басқарыў системасы жолға қойылды.
Қарарға муўапық Республикалық тез медициналық жәрдем орайының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленген, бунда :
Орай Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардағы тез медициналық жәрдем искерлигин республика бойынша муўапықластырады ҳәм бақлаў;
Тез медициналық жәрдем хызмети хызметкерлери ҳәм де арнаўлы автотранспорт қураллары (ықтыят бөлимлер, жанар май -майлаў материаллары ҳәм басқалар), дәри өнимлери ҳәм жумсаў материаллары, медициналық үскенелер тәмийнаты Орайдың аймақлық филиалларына өткериў;
Орай және оның аймақлық филиалларында ситуацион муўапықластырыўшы бөлимлер шөлкемлестирилип, район (қала) ҳәм аймақлардағы тез медициналық жәрдем системасы искерлигин анализлер тийкарында басқаради ҳәм жетилистириў бойынша усыныслар киргизиў;
Ден саўлықты сақлаў министрлиги системасындағы автохожалықлар қурамындағы тез медициналық жәрдем автотранспорт қураллары Орайдың аймақлық филиаллары қурамына өткериледи ҳәм де автотранспорт қуралларына техникалық хизмет көрсетиў аутсорсинг шәртнамалары тийкарында әмелге асырыў ;
Тез медициналық жәрдем автотранспорт қуралларында жанар май -майлаў материалларының сарпы електрон программа арқалы бақлаў белгиленген.
