
Қарақалпақстан Республикасы Қанлыкөл районы ҳәкими пуқаралық қорғаў баслығының 2023-жыл 26-май күнги “Шомылыў мәўсими даўамында халықтың суўға шөгиў менен байланыслы болған бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў бойынша әмелге асырылатуғын комплекс ис-илажлар ҳаққында”ғы №5-санлы буйрығына тийкар 2023-жыл 2-июнь күни Қанлыкөл районы сүўенли каналында оқыў шынығыўы болып өтти хәм Айрықша жағдай министрлиги тәрепинен халыққа шомылыў қадаған жерлерде шомылмаўы ушын түсиндириў жумысларын алып барды. Бул оқыў шынығыўларында Республикалық Тез медициналық жәрдем орайы Қарақалпақстан филиалы Қанлыкөл бөлими тез жәрдем бригадалары белсенди қатнасты.
