
O‘zLiDeP кандидати Шавкат Мирзиёев өзиниң сайлаў алды программасы менен таныстырып атыр.
Медицинаға тийисли жобалар
➖ 120 мың онкология, 350 мың диабет, 1, 5 миллион жүрек-қан тамыр кеселлиги бар наўқасларды емлеў менен толық қамтып алыў ;
➖ “Гепатит С” кеселлигин 100 процент мәмлекет есабынан емлеўди жолға қойыў ;
➖ “Туберкулёз” менен кеселлениў дәрежесин жүз мың халыққа салыстырғанда ҳәзирги 34 данадан кескин кемейтиў (2016 жылда 43 дана болған ).
➖ Келеси жылдан басланғыш буўын арқалы ең көп ушрайтуғын 10 кеселликти емлеў ҳәм 6 медициналық хызметтен ибарат кепиллик берилген медициналық пакет халыққа бийпул усыныс етиледи.
➖ Онкологик наўқаслар өмирин сақлап қалыў мақсетинде, мәмлекетимизде дәслепки бар өзек клеткаларын трансплантатсия қылыў жолға қөйылады. Буған байланыслығы ғәрежетлер мүтажлиги бар шаңарақлар перзентлери ушын толық мәмлекет есабынан оралады.
➖ Ден саўлықты сақлаў системасы толық санластырылады ҳәм медициналық қамсызландырыў системасы енгизиледи.
