

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022 жыл 16 июньдағы “Халыққа тез медициналық жәрдем көрсетиў системасын жетилистириў туўрысында”ғы ПҚ-283 санлы қарарына тикар тез медициналық жәрдем сапасын жақсылаў ҳәм халыққа және де жақынластырыўға тийисли илажлар дәстури ислеп шығарылған.
❗️Әмелий илажлар жәхән әмелиятындағы менежмент, санлы басқарыў, тез медициналық жәрдем хызметин шөлкемлестириў, хызметкерлердиң маманлығын асырыў ҳәм қайта таярлаў, финанслық тәмийнлеўдеги жәҳән тәжирийбесин үйрениў ҳәм тез медициналық жәрдем хызметине жәхән стандартларын нәтийжели әмелде қолланыўда әҳмиетли орын иелейди.
❗️KOFIH дүняның 20 дан артық шет ел мәмлекетлери менен шерикликти жолға қойған. Олар арасында Өзбекстан бөлек орын иелейди. Фонд түрли социал әҳмиетке ийе нәтийжели жойбарларды әмелге асырып келеди. Оларды тийкарғы бөлегин биринши медициналық жәрдем, аналар ҳәм балалар саламатлығын қорғаў, халықтың репродуктивлик саламатлығын беккемлеўге қаратылған социал мәселелер қурайды.
