
Әмелдеги ҳәптеде Республикалық тез медициналық жәрдем орайы хызметкерлериниң маманлығын асырыў ҳәм қайта таярлаў мектебинде 🏫 аймақлық филиалларында искерлик жүргизеип атырған транспорт ҳәм експлуатасия бөлимлери басшылары, соның менен бирге, улыўма мәселелер ҳәм АКТ бойынша баслық орынбасарлары ушын “Тез медициналық жәрдем автотранспорт хызметиниң басшы хызметкерлери маманлығын асырыў” оқыў курсы жуўмақланды.
📖 Оқыў курс даўамында тыңлаўшылар тәрепинен транспорт саласындағы жаңа қабыл етилген ҳәм де әмелдеги нызамшылығы, тез медициналық жәрдем автротранспортлары ушын жол ҳәрекети қағыйдалары, жаңа автомашиналар техникалық қәсиетлери ҳәм олрга техникалық қоллап-қуўатлаў қағыйдалары, соның менен бирге, мийнет қорғалыўы, техника ҳәм өрт қаўипсизилиги талаплары бойынша лекциялар еситилди.
Курс жуўмағында тыңлаўшыларға илмий тәжрийбе асырылғанлығы туўрысында сертификатлары тапсырилды.


