
Қарақалпақстан Республикасы Ден саўлықты сақлаў министрлиги Өзбекстан Ден саўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси Қоспа Қарары менен 2023 жыл 11 август күни Нөкис қаласындағы Абу Али Ибн-Сино атындағы жәмийет саламатлығы техникумы спорт базасында емлеў-профилактика мекемелери арасында «Спорт-саламатлық гиреўи» ураны астында спорттың бес түри бойынша спартакиада спорт тәдбирлери өткерилди.
Спорт тәдбиринде РТМЖО Қарақалпақстан филиалы хызметкерлер жәмәәтинен нәўбетши шыпакер Мамбеткаримов Мойнақ Абдизайтович шашка спорт түри бойынша III-орынды, ңәўбетши фельдшер Сапарниязова Гулайым Базарбаевна 60 метрге жуўырыў спорт түри бойынша II-орынды жеңип медаль, диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен қошеметленди.



