0
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҒХҚ ўәкиллери ҳәм блогерлер ушын, республикамыздағы медициналық қурылыс имәратларында қай тәризде жумыслар болып атырғанлығы менен жақыннан танысыў мақсетинеде медиа тур шөлкемлестирилди.
Медиа турға журналист ҳәм блогерлер қатнасып, қурылыс орынларында болды.Атап айтқанда, Республикалық тез медициналық жәрдем орайы Қарақалпақстан филиалы ҳәм Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалларыныӊ жаӊа имәратлары менен танысты ҳәм өзлери қызықтырған сораўларға, тийисли тараў ўәкиллеринен жуўаплар алды.






