




Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен тастыйықланған режеге муўапық, сырт ел мәмлекетлери менен медицина тараўында бирге ислесиў ҳәм жаңа жойбарларды әмелге асырыў бойынша бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Усы жылдың 22 июнь күнинен,
2 июль күнине шекем Америка Қурама Штатында, халықара медицинаны жолға қойыў бойынша, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты саклаў министрлиги тәрепинен делегация қурамы тастыйықланып, ҳәзирде усы делегация Американың Миссури штатында жайласқан,Сент-Луис университетинде хызмет сапарын даўам етпекте…
Ҳәзирде, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.И.Қурбанов усы делегация қурамында қатнасып атыр.
