QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASÍ DEN SAWLÍQTÍ SAQLAW MINISTRLIGI

Respublikalıq tez medicinalıq járdem orayı Qaraqalpaqstan filialı

Elektron pochta
rttyom.qq.filiali@exat.uz
Telefon
+998(55) 105-07-95
blog image

Өзбекстан-Россия медицина форум шеңберинде

“Өзбекстан -Россия медицина форумы” шеңберинде Республика тез медициналық жәрдем орайы ҳәм ООО ” Медплант” Россияның абырайлы компаниялары ортасында :

? Республикалық тез медициналық жәрдем тараўын   жаңа медициналық  буйымлар менен тәмийинлеў ҳәм олардан пайдаланыў –

? Тез медициналық жәрдем хызмети хызметкерлерин оқытыў, маманлығын асырыў ҳәм әмелият отаўын, сондай-ақ шет ел мәмлекетлердиң илимий-изертлеў, тәлим ҳәм басқа мәкемелеринде әмелият өтеўин шөлкемлестириў –

? Өзбекстан Республикасы тез медициналық жәрдем системасын жедел раўажландырыў бойынша шерик мәмлекетлердиң тараўдың басшылары ортасында шартнамаға қол қойылды.

???? Бул меморандум шериклик мәмлекетлердиң медицина тараўын халққа және де жақын еткен, инсан қадрин көтермелеў ушын тағы бир қәдем болды.

? Республикалық тез медициналық жәрдем орайы ҳәм
ООО “Эйдос Медицина” компаниялары ортасында тараўға тийисли меморандум қол қойылды ;

? Ҳәр еки мәмлекет ўәкиллери өзлериниң аймақлық программаларын қабыл етип, атқарылыўын шөлкемлестириў ўазыйпаларын белгилеп алды ;

? Тез медициналық жәрдем хызметин халыққа мүмкиншилиги барынша жақынлаштирилишини есапқа алып, жоқары маман тез медициналық жәрдем көрсетиў механизмин енгизиў, Россияның абырайлы клиника ларида хызметкерлер маманлығын асырыў ҳәм оқытыў ;

? Сапалы тез медициналық жәрдем көрсетиў формалары ҳәм методларын ислеп шығыў ҳәм де жетилистириў.

? Тез медициналық жәрдем тараўын  заманагөй медициналық әсбап -үскенелер менен тәмийинлеў сыяқлы бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынды.

???? Шерик мәмлекетлердиң рәсмий ўәкиллери  өз-ара байланыс процессинде, жаңа медициналық үскенелери  абзаллықлары ҳаққында пикир алысып, келесиде әмелге асырылыўы керек болған жобалар туўрысында келисип алынды.

“Өзбекстан -Россия медицина ўаоруми” де халық саламатлығы бойынша машқалаларди  онлайн тәрзде шешиў мүмкин болған меморандум қол қойылды.

? Республикалық тез медициналық жәрдем орайы ҳәм Россияның ” SberHealth” саламатлық орайы ортасында имзаланған меморандумдан гөзленген мақсет-

? Тез медициналық жәрдем системасын цифрлы басқарыўды жетилистириў;

? Жасалма интеллект системасын толыққонли енгизиў;

? Еки мәмлекет тараўдың ўәкиллери тәрепинен Цифрлы басқарыўды жетилистириў, тез медициналық жәрдем хызметинде заманагөй информация коммуникатсия технологияларын енгизиў, бул жөнелисте искерлик жүргизип атырған  Россия илимпазларын ҳәм жетик қәнигелерин қосыўға келисип алынды.

? ” SberHealth” платформаси 25 қәнигелик бойынша халыққа хызмет көрсетеди.

Өзбекстан ҳәм Россия мәмлекетлериниң медицина тараўын раўажландырыўға  тийисли бул шәртлесиўи, халыққа және де жоқары дәрежеде тез медициналық жәрдем көрсетиў имканиятын береди.

 

April 2026
M T W T F S S
 12345
6789101112
13141516171819
20212223242526
27282930  

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń rásmiy veb-saytı

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

covid
Перейти к содержимому