
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 16-июньдағы ” Халыққа тез медициналық жәрдем көрсетиў системасын жәнеде раўажландырыў хақкындағы”ғы ПҚ283-санлы қарары талапларын Республикалық тез медициналық жәрдем орайы Қарақалпақстан филиалында орынланыўы бойынша, 2023-жыл 3-ноябрь күни Ден саўлықты сақлаў министри орынбасары Омонов Алимжон Муродуллаевич ҳәм Ден саўлықты сақлаў министрлиги Инвеститсия программалары, инфраструктурасы ҳәм медициналық үскенелер басқармасы баслығы Махмудов Шерзод Захидович Нөкис қаласында алып барылып атырған филиалдың жаңа имараты қурылысы менен жақыннан танысты.




